25-октябрь күни «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Конституциялық Нызам қабыл етилди.

Оған бола, Министрлер Кабинети- атқарыў ҳәкимиятын жоқары уйымы болып, экономиканың, социаллық ҳәм руўхыйлық тараўлардың нәтийжели жумыс ислеўине басшылық етиўди, Конституция ҳәм нызамлар, Олий Мажлис палаталары қарарлары, Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлериниң орынланыўын тәмийинлейди.

Министрлер Кабинети Өзбекстанда атқарыў ҳәкимиятын бирден-бир системасына басшылық ететуғын коллегиал уйым болып есапланады.

Министрлер Кабинети өз жумысында Олий Мажлис ҳәм Президент алдында жуўапкер болып табылады.

Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының бир пүтин системасына министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм инспекциялар киреди.

Министрлер Кабинети Өзбекстан Ҳүкиметиниң ағзалары – Бас министр, оның орынбасарлары ҳәм министрлерден ибарат болып есапланады. Қарақалпқстан Республикасы ҳүкиметиниң баслығы Министрлер Кабинети қурамына өз лаўазымы бойынша киреди.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке енгизиледи.

ӨзА