100 жастағы Иван ата да даўыс берди

291

«Мениң таңлаўым-абат Ўатаным!» сүрени астында өткерилип атырған  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў мапазы Төрткүл районында да қызғын даўам етпекте.

Бул сиясий мапазға район жаслары менен бирге, көпти көрген нуранийлер да белсене қатнаспақта. Соның ишинде, сайлаў участкасына келиў имканияты жоқ пуқаралар ушын да комиссия ағзалары тәрепинен қолайлы шараятлар жаратылып берилген. –-Участкамыз бойынша 1084 сайлаўшы болып, соннан 22 адам өзлери жасап атырған үйлерде даўыс береди,-дейди 454-участкалық сайлаў комиссиясы баслығы Умид Қурбанбаев.-Олар ушын арнаўлы даўыс бериў қутышалары таярланып, бул пуқараларымыз да өзлери қәлеген талабан ҳәм партияларға даўыс бермекте.

Солардың бири Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Иван Федотович Галенко болып табылады. Комиссия ағзалары «Ғалаба» көшесинде жасаўшы урыс қатнасыўшысының үйине барып, даўыс бериў бюллетенлерин толтыртып қайтты. Иван ата комиссия ағзаларының бул итибарынан кеўли толып, өзи қәлеген талабан ҳәм партияға даўыс берди.

Аймақта ҳәзирги ўақытлары сайлаў қызғын даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы