Бүгин елимиз бойлап даўам етип атырған сиясий мапаз- Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли кеңеслер депутатларының сайлаўы даўам етпекте.
Бул илажға Хожели районы аймағындағы барлық сайлаў участкаларында пуқаралар өзлерине мүнәсип деп билген талабанларына даўыс бермекте.
Хожели районында 36 сайлаў участкасы жумыс алып бармақта. Оларда даўыс бериў ушын 62 701 сайлаўшы дизимнен өткен болып, 779 пуқара мүддетинен алдын даўыс берген.
Сайлаўда имканияты шекленгенлер, наўқаслар ҳәм қариялардың шаңарақларына барып, олардың даўыс бериўлери де шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.
-Мен 93 жаста болсам да елимиздеги ҳәр бир сайлаўға мүнәсип қатнасып киятырман. Бүгинги берип атырған даўысым да елимиздиң келешеги ушын жан күйдиретуғын талабанның сайланыўына үлес қосады деп ойлайман, -дейди райондағы 521-сайлаў участкасына даўыс берген Сүўенли МПЖ турғыны Айым Сапаева.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги