Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фархад Эрманов Нөкис қаласындағы Қумбыз аўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 83-сайлаў участкасынан айдын келешек ҳәм елимиздиң абаданлығы ушын сайлаўда даўыс берди.
Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Баҳадыр Акимовтың атап өткениндей, аймақта 2 мың 946 сайлаўшы дизимге алынған. Соннан 189 сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс берди. Кексе жастағы, майыплығы ямаса наўқаслығы болған 26 пуқараның жасаў орнында даўыс бериўи шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирге шекем 1142 сайлаўшы өзлериниң ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда мүнәсип көрген партияға ҳәм талабанға даўыс берди.
Сайлаў участкасында даўыс бериў даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги