Бүгин елимиздиң барлық орынларында болғаны сыяқлы, Нөкис районы Дийқан арна мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 393-участкалық сайлаў комиссиясында да  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў шөлкемлескенлик пенен баслап жиберилди.

– Участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен 1156 сайлаўшы дизимге алынып, соннан 29 адам мүддетинен бурын даўыс берди,-дейди  393-участкалық сайлаў комиссиясы баслығы Палбийке Аллашова.-Сайлаў алды үгит-нәсият жумысларының дурыс жолға қойылыўы нәтийжесинде, бүгин участкамызға келип даўыс бериўшилер саны көп. Олар ушын участкамызда барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Ҳақыйқатында да, аймақ турғынлары менен гүрриңлесер екенбиз, олардың кеўил-кейпиятының жоқары екенлигиниң гүўасы болдық.

Себеби, олар өзлери қәлеген талабанларына даўыс бермекте.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы