Нөкис қаласындағы 16-сайлаў участкасында Олий Мажлис Нызамшылық Палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли кеӊес депутатлығы ушын сайлаўлар көтериңкилик пенен басланды.

Саат 8.00 де Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлап, сайлаў участкасы өз жумысын баслады.

Бул сайлаў участкасында сайлаў ҳуқықына ийе болған 1606 пуқара дизимнен өтип, олардан 23и мүддетинен бурын даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланды.

Сайлаў участкасы сайлаў нызамшылығы тийкарында барлық материаллық-техникалық үскенелер сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация қураллары менен тәмийинленгенин атап өтиў орынлы.
Даўыс бериў процесслери даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги