Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў ушын даўыс бериў процеси басланды.
Нөкис қаласындағы 74-санлы сайлаў участкасы да саат 08:00де Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлап, белгиленген тәртипте аймақ турғынлары өзлери қәлеген талабанларға даўыс бериў ушын ашылды.
– Сайлаў участкамызда тийкарынан Анасай мәкан пуқаралар жыйынынан 2816 пуқараның даўыс бериўи күтилмекте,-дейди учаскалық сайлаў комиссиясының хаткери Э.Бегжанова. – Соннан, усы күнге шекем 31 пуқара мүддетинен алдын даўыс берди.
Сайлаўшылардан 71 жас биринши мәрте даўыс бериўшилер болып есапланады. Сондай-ақ, имканияты шекленген ямаса бүгинги күнде наўқаслығы яки басқа да себеплер менен үйинен шыға алмайтуғын пуқаралардың даўыс бериўи ушын да имканият жаратылып, көшпели топар дүзилди. Ҳәзирги ўақытта бул бойынша 65 мүрәжат келип түсти.
– Мен 1982-жылдан берли усы мәканда жасайман. Соннан берли ҳәр бир сайлаўға қатнасып келмектемен. Быйылғы сайлаў оғада шөлкемлескенлик пенен басланып атырғанлығының гүўасы болдым. Депутатлыққа талабанлар туўралы мағлыўматлар сәўлеленген баннерлерди және бир мәрте көрип шығып, өзим қәлеген талабанларға ҳәм сиясий партияға даўыс бердим,-дейди аймақ турғыны Қ.Пирлепесов.
Еслетип өтемиз, сайлаўда даўыс бериў саат 08:00 ден 20:00 ге шекем өткериледи.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги