Бүгин Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева Малайзия парламенти Сенаты Баслығының орынбасары Нур Жазлан Моҳамад пенен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында тәреплер кейинги жылларда Малайзия ҳәм Өзбекстан басшыларының өз-ара қатнасықлары беккемленип атырғаны, соның нәтийжесинде еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў байланыслары  избе-из раўажланып, жаңа дәрежеге көтерилип атырғаны айрықша атап өтилди.

Соның ишинде, Өзбекстанда кең көлемли реформалардың нәтийжесинде инвестиция орталығы унамлы тәрепге өзгергени мийман тәрепинен айрықша атап өтилди.

Өз гезегинде, бул бойынша бирге ислесиўди кеңейтиўде парламент институтынан кеңнен пайдаланыў мәселелери ҳәм келешектеги ўазыйпалар додаланды.

Сондай-ақ, тарийхый қәдириятлар инабатқа алынған ҳалда ислам цивилизациясын үйрениў ҳәм раўажландырыў бағдарындағы илимий-изертлеў жойбарларын биргеликте алып барыў бойынша да пикир алысты.

Сөйлесиў даўамында туризм ҳәм саўда-экономикалық тараўларда да қатнасықларды раўажландырыў ҳәм еки мәмлекет халықларын бирлестириўши мәдений илажларды әмелге асырыўға келисип алды, -деп мәлимлеме береди senat.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги