(очерк)
1943-жыл 5-март. Қарақум ийшанның бесинши перзенти Бахуаддиннин шаңарағында бир ул дүньяға келди. Ол ата-бабаларынын жолын даўам етип, илим жолын таңлады.
Мәжнүн тал! Шақасын, жапырағын көтере алмай ийилген, саяманлы дарақ….. Кеўлинде қәтержамлық, жүзинде күлки, шаңарағында берекет, иси раўаж, қәлбинде ийман, денеси саламат, жүреги меҳирге толы болған Сали атаны мен усы мәжнүн талға мегзетер едим.
Бүгин жасы 80 нен өтип атырған Сали Бауатдинов өмирин илимге бағышлап, Қарақалпақстанның шор жерлеринен мол өним алыў бағдарында жумыс алып барды. Оның басшылығында бир қанша фундаментал ҳәм илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде илимий жойбарлар орынланып, алынған нәтийжелер тийкарында 1995-жылы «Глауконит минералын калийли төгин сыпатында пайдаланыў бойынша усыныс» ислеп шықты. Алынған илимий нәтийжелер ҳәзирги ўақытта да аўыл хожалығында қолланылмақта.
1980-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалы Президумының қарары менен Тәбият илимлериниң бирлескен институты қурамында «Минерал төгинлер химиясы» лабораториясы шөлкемлестирилип, оған Сали Бауатдинов баслық етип тайынланды. Лабораторияның илимий бағдары Қарақалпақстандағы минерал байлықлардан фосфорит, глауконит, бентонит, астраханит,мироболит, галит ҳәм тағы басқа дузлар тийкарында минерал төгинлер алыўдың илимий тийкарларын ҳам технологиясын изертлеўден ибарат болды. Сали Бауатдинов Республикамыз аймағындағы фосфорит, глауконит, бентонит, сафрафелла, вермуклит минералларын терең изертлеп, аўыл хожалығы егинлеринен пахта ҳәм салыға қолланып, олардың зүрәәтлилигиниң артатуғынлығын, жердиң мелоративлик жағдайының жақсыланатуғынлығын, топырақ қурамының босасып гумусынын жоқарылайтуғынлығын көп тәжирийбелер жәрдеминде дәлилледи ҳәм Қарақалпақстанда биринши мәрте илимий теориялық тийкарын ислеп шықты. Бул нәтийжеге ол аңсатлық пенен ериспеди. Дизеге шекем қумға батып, ғаўаша атызларында трактордың изинде жүрип төгинниң дурыс төгилиўин қадағалады. Илим ийне менен қудық қазыў менен барабар. Илим жолындағы мийнетлериниң нәтийжесинде оның 6 монография, 2 қолланба, 2 усыныс, 2 патент ҳәм 200 ден аслам илимий мақалалары сырт еллерде ҳәм жергиликли баспасөзде жарық көрди.
Илимий жумысларының нәтийжелери бойынша глауконит минералы тийкарында жаңа минерал төгин -глаукофос, глауко-калийфос алынды. Бул илимий жаңалыққа 2015-жылдың 13-август күни № IAP 20110342 Патенти алынды. Соның менен бирге илимпаздың Қарақалпақстанның байытылған глауконит минералларын аўыл хожалығында төгин сыпатында қолланыўға байланыслы бир қанша усыныслары қолланба болып баспадан шықты. «Қарақалпақстанның жергиликли агрорудалары тийкарында қурамалы төгинлерди ислеп шығарыў» атамасындағы қолланбасы оның көп жыллық мийнетлериниң жемиси болды.
2019-жылы Президент Пәрманы тийкарында илимпаздың Елликқала районында глауконит сақлаўшы қурамалы аралас төгинлердиң жаңа түрлерин ислеп шығарыўға бағдарланған «Бурлитоғ химио ООО» кәрханасы иске түсирилди. 2021-жылда бул кәрхананың жумысы тоқтатылып, Тақыятас районында исбилермен Сергей Хигай тәрепинен жаңа кәрхана жумыс алып бара баслады. Ҳәзирги ўақытта Тақыятас районында илимпаздың ислеп шыққан төгини технологиялар жәредеминде таяр ҳалға келтирилип исленбекте.
2022-жылы Қарақалпақ тәбият илимлери илим изертлеў институты ҳәм «Adie – metall production» жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында Қырантаў кәни тийкарында «Глауконит минерал төгинин ислеп шығарыў» бойынша Өзбекстан химия агентлиги тәрепинен лицензия тастыйықланды.
Илимпаз төгинниң физиохимиясын, технологиясын, агрохимиясын ислеўдиң илимий тийкарын салды.
Қарақалпақстанда Хожа көл, Назархан, Бестөбе, Қызылқала, Султан Уайс таў әтирапы, Белтаў, Үстирт тегисликлеринде, Хожели районында, Тақыятас районында, Кетменчи баба әтирапында, Нөкис районы аймағында Қырантаўда , улыўма Қарақалпақстанның көпшилик жерлеринде глауконит топланған. Қырантаўдан алынатуғын глаукониттен ҳәр түрли зыян келтиретуғын зыянкеслерден ажыратылып шорларды жоғалтыў ҳәм жердиң ығаллығын кетирмейтуғын, адсорбенталлы қәсийетке ийе төгин таярланады.
2015-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеси имаратының алдындағы жердиң абаданластырылыўына Сали аға өзиниң илимий усынысларын берди.
Хожели районының Ахунбабаев аўыл пуқаралар жыйыны аймағының турғыны Мухаметкарим Оразов өзиниң кыйтақ жеринде үш жылдан берли, пайтахтымыздағы Саранша елатында жайласқан 10 гектар көлеминдеги ыссыханада 3 мәўсим өним, илимпаздың төгини тийкарында өним алынбақта.
Шымбай -Тахтакөпир автожолының еки бойында халықтың тилинде «Өтениң шоры» деп айтылатуғын 10 гектар жерге илимпаздың авторлығындағы төгин берилип, быйылғы жылы мәкке егилди. Сали аға келешекте усы жерлерге гүжим егиўди режелестирмекте.
Хожелиши фермер Алтыбай Оразымбетов та инновацияға қызығады. Ҳәзир көпшилик экологиялық таза өнимге умтылып атырғанлығын есапқа алып, ол пахта, бийдай, гүнжи, палыз егинлерине биоөнимлерден пайдаланыўды жолға қойды. Илимпаздың «Корофос», «Глаукокалий», «Глаукофос» төгинин тақыятаслы исбилермен Сергей Хигай ислеп шығармақта. Алтыбай фермер бул исбилермен менен шәртнама дүзип, быйыл усы төгиннен пайдаланды. Өним алыўда жақсы нәтийжеге ерискен ол келешекте бул төгиннен барлық егислик жерлерине бериўди режелестирген.
Қараөзек районында да фермерлер «Корофос», «Глаукокалий», «Глаукофос» төгининен пайдаланбақта.
Нөкис районындағы Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспесине тийисли болған, бурын өнимдарлығы төмен, айланыстан шығып қалған 21 гектар жерге бийдай егилип «Корофос», «Глаукокалий», «Глаукофос» төгини берилип, жақсы нәтийжеге ерисилген болса, Нөкис районында «Д.С.А. Феруза» фермер хожалығының 1 гектар 30 сотых жеринде быйылғы жылы пахтаға гектарына 500 килогармм карафос берилип, төгин сынақтан өткерилип, нәтийжеде пахтадан дийдиленген өним алынбақта.
Соның менен бирге ол үйиниң алдындағы қыйтақ жерине жигирма жылдан берли химиялық төгин бермей, өзиниң авторлығындағы төгиннен берип, түрли өним жетистирмекте.
-«Корофос», «Глаукокалий», «Глаукофос» төгининиң әхмийетлилиги сонда, бул төгин берилиўи нәтийжесинде төрт жылға шекем жер төгин талап етпейди, төгин менен азықланған топырақ ығаллылықты сақлап турыў қәсийетине ийе болады.Суў қыткершилиги жылдан-жылға артып баратырған ўақытта бул ҳақыйқый керек болатуғын төгин десек қәтелеспеймен,-дейди ол.
Қарақум ийшанның халқымыз, илим, ағартыўшылық ушын ислеген хызмети шексиз. Ол Қарақалпақстан аймағындағы барлық медиреселерди өз илими менен суўғарып отырған. Халық тилинде «екинши Кааба» деп аталатуғын «Қарақум ийшан» мешитин Қутлыхожа ийшан 1836-жылы салдырады. «Қарақум ийшан» мешитиниң хызметкерлериниң пикири билдирилмеген диний китаплар баспадан шығарылмаған.
Сали Бауатдинов Қарақум ийшанның әўлады болып, ата-баба жолын даўам еттирип, қайырлы ислерге бас-қас болып келмекте. Қарақум ийшан мешитин абаданластырыў ҳәм қурылыс жумысларына қатнасты. Ийшанның қәбирине барар жерге өзиниң есабынан шертек соқтырды. «Еки нәрсе адамның мәртебесин көтереди, бул кемтарлық ҳәм адамлардың мүтәжин питкериў» деп уламалардың айтқаныдай ол усындай пазыйлетлерге әмел етип жасады. Сали атаны көпшилик мақсым деп сыйласа, айырымлар илимпаз сыпатында устаз деп биледи.
Бердақ бабамыздың қәбирин абаданластырыўды жолға қойыўды тийисли орынларға усыныс етип, нәтийжеде Бердақ ҳәм Күнхожа шайырдың қәбирлери абаданластырылды.
Қарақум ийшан мешитиниң қасына 700 метр тереңликтен суў шығарылды. Электр энергиясын алып келиў ушын трансформатор қурдырды. Енди усы жерде еки гектар жерге Бердақ бағын егиўди нийет етип, жумысларды баслап жиберди.
Илимпаздың мийнетлери мүнәсип баҳаланып «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы, «Ардақлы нураный» көкирек белгиси, «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси, «Мехнат фахрийси» 1-дәрежели көкирек белгиси менен сыйлықланды. 2023-жылы «Органикалық емес затлар ҳәм олар тийкарында материаллар технологиясы» илимий мийнети ушын профессор илимий дәрежеси берилди.
Сали Бауатдинов өмирлик жолдасы менен бирге алты ул ҳәм бир қызды тәрбиялап камалға келтирди. Улы Ташкентбай әке жолын даўам еттирип аўыл хожалығы тараўында илим менен шуғылланбақта. Кейинги улы Шамсуддин ислам дини тәлийматлары бағдарында бир неше китаплардың авторы. Үш улы исбилермен ҳәм үш келини шыпакер.
Устазсыз әлбетте, ҳеш қашан, ҳеш нәрсеге, билимге де, өнерге де ийе бола алмаймыз. Устаз, жақсыны жаманнан, ақты қарадан айырыўды, турмыс жолларында сүрникпей өтиўди үйретип, адамгершилик пазыйлетлерин бойымызға жәмлеген әдиўли инсан. Ол елиўден артық студенттиң бакалавр дипломына басшылық етти, бир илим докторы, 2 илим кандидаты, 1 аспирантқа илимий басшы болды. Шәкиртлери менен бирге лабораторияда мийнет етиўден жалықпайды.
Балалықтан өзи оқыған мектеп ол ушын дүньядағы ең сулыў имарат еди. Қыялында бултлар ақ боз атын таўға тусайтуғын еди. Шымбай районындағы өзи оқыған 31-санлы мектептиң абаданластырыў жумысларына өз үлесин қосты. Бул имарат мектеп типинде емес, турақ жай ретинде салынған еди. Спорт залы жоқ, кирип шығыў жоллары, китапхана, химия-физика пәни ушын лабараториялар жоқ еди. Усылардың барлығын сапластырып, заманагөй мектеп салдырыўға басшылық етти. Мектепте жаслар бағын шөлкемлестирип, усы бағқа илимпаз өзиниң авторлығындағы төгинди берди. Китапханаға китаплар саўға етти
Сали Бауатдинов ҳәр жылы ораза айында «Қайшылы» аўылындағы ҳүрметли дем алыстағы нураныйлер менен кем тәмийинлеген хожалық ағзаларын Хийўа қаласына саяхатқа алып барыўды өзине әдет еткен. Қайыр сақаўатлықты инсаныйлық пазыйлет деп есаплайтуғын ол республикамыздағы «Мүриўбет» үйине азық –аўқатлық затларды алып барып жағдайларынан хабар алыўды ҳеш қашан есинен шығармайды.
Шымбай районының Қайшылы аўылындағы «Қайшылы» жабы көп жыллар даўамында қазылмай қалды. 2013-2014-жылларда суў аз болғанлығы себепли халық көше баслады. Сали аға аўылдағы жигитлерди жыйнап барлық зәрүр болған затларды таўып бериўге жәрдем берип усы жапты қаздырып, аўылда халықтың қурғын жасаўына тийкар жаратылды. Усы аўылдағы «Турет баба» қойымшылығы абаданластырылды.
Ол өмир жолында бәрқулла алдына мақсетлер қойып, оған ерисиў ушын талпынып жасады. Оған ерисиў режесин дүзди, жəне бул жолда өзи менен ийинлес болатуғын, мəселелерин бирге шешиўши, қуўанышына шерик болыўшы дослар арттырды.
Өмир бойы сабырлылық пенен илим жолын басып өтти. Бул жол оған халықтың алғысын алып берип, үлкен абыройға, мәртебеге ийе болыўына тийкар жаратты.
Дилбар Аманлепесова, журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги