ӨзЛиДеПтен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Алмагул Байриева Елликқала районындағы Жасорат ҳәм Нәўбәҳәр МПЖда сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўда талабан сайлаўшыларға өзиниң сондай-ақ, 5 мақсет ҳәм 500 ўазыйпаны өз ишине қамтып алған партияның сайлаўалды бағдарламасының мазмун-мәниси ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Бағдарламада жаслар ушын қолайлы жумыс орынларын жаратыў, олардың исбилерменлик жумысын қаржы менен тәмийинлеўге жәрдемлесиў, студентлер ушын мәмлекетлик шөлкемлерде мийнет ҳақы төленетуғын стажировка системасын енгизиў, жаслар ушын арнаўлы турақ жайлар қурыў ҳәм жас шаңарақларға жеңиллетилген ипотека кредитлерин бериў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, экономикалық, социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў, ҳаял-қызлардың аралықтан мийнет ҳәм санлы исбилерменлик бойынша көнликпелерин арттырыўға үлкен итибар қаратылған.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги