(Есиктиң тилинен айтылады)

Сәлем, Перийзат. Ақыры келипсең-дә! Билесең бе екеўимиз бул үйге бир күнде келген едик. Мени үйге алып келгениңде әкең анаңды толғақ пенен емлеўханаға алып кетти. Сол күни қуўанышлы хабар келди. Негедур мен де қуўанышлы едим. Ўақыт өтти, өстиң, маған сүйенип тәй-тәй басып жургенлериңди, жасырынбақ ойнағанларыңды еслесем, мен де сениң менен бирге үлкейдим-аў. Айтпақшы, сеннен кеширим сораўым керек еди, маған басыңды урып алғанларың, өтемен дегениңде шалынып жығылғанларың ушын кешир! Ақыры мен де бала едим ғой. Кейин мектепке бардың, эҳ қандай татлы елеслер… Оқыўдан келиўиң менен папкаңды маған илдирип, мектепте болған қызықлы ўақыяларды айтып бериўге асығар едиң. Мен де қосылып тыңладым. Арадан жыллар өтти. Есейдиң. Шашларың менен мени сыйпап өтер едиң. Ал, бул маған жағымлы. Сол ўақытта менде қалған шашларың бар. Бирақ оны ҳәзиргиси менен салыстырсам, саған қосылып өзим де қартайғанымды сеземен. Университетке оқыўға кирдиң, содан берли үйге дым аз келетуғын болдың. Үйиңдегилер асығып күткендей мен де сени күтер едим. Бир күни үйге бийтаныс ҳаяллар келди. Көп узамай сен узатылдың. Қыймай хошластым. Соң сени көриў әрман болды-аў. Келгениңде басыңда орамал болатуғын еди, бурынғыдай шашларың менен ойнай алмадым, я сумкаңды илдирмедиң. Жыллар өтти. Мине, бүгин келдиң. Өзгерипсең. Енди бул үйдеги сениң балалығыңа гүўа тек менмен. Сол дәўирлерди сағыныпсаң я? Қаяқтан билдиң дейсең бе? Кириўиң менен енди мектепке барған ўақытыңда маған  сызған сүўретлериңе қарап көзиңе жас алдың. Аўа, еле сақлап келемен сол сүўретлерди. Келгениң жақсы болды, үйдегилер мени алып таслайжақ қусайды, меннен өкпелеме, сени енди көре алмайман ба деп қорқаман…

 

Перуза Яқупбаева,

Бердақ атындағы ҚМУдың студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги