ӨзЛиДеПтен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан Равшан Мамутов  Беруний районындағы Хорезм ҳәм Қыят мәкан пуқаралар жыйынындағы сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўда депутатлыққа талабан сайлаўшыларға партияның алдағы бес жыллыққа арналған жаңа Сайлаўалды бағдарламасындағы 5 анық мақсетке бағдарланған 500 ўазыйпа туўралы мағлыўмат берди. Атап айтқанда, турақлы экономикалық өсиў арқалы ҳәр бир инсан, шаңарақ ҳәм жәмийеттиң абаданлығына ерисиў, сапалы билимлендириў, медицина ҳәм күшли социаллық қорғаўды тәмийинлеў, халыққа қолайлы қоршаған орталық шараятларын жаратыў, халық хызметиндеги әдалатлы ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў,  Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги ҳәм қәўипсизлигин беккемлеў баслы мақсет болып есапланады.

Ушырасыў даўамында сайлаўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги