Соңғы жылларда мәмлекетимиздиң қоңсылас республикалар менен бирге ислесиўи беккемленди. Соның ишинде, Қазақстан Республикасы менен саўда қатнасықлары және де күшейип, еки елдиң экономикалық раўажланыўына тәсир көрсетпекте.
Усы жыл 22-октябрь күни Самарқанд қаласында болып өткен “Өзбекстан-Қазақстан” төртинши аймақлараралық форумы шөлкемлестирилип, онда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артықов та қатнасты.
Форумда Қазақстан Республикасының Бейнеў ҳәкимлиги, “Ақтаў ОРЦ” ЖШЖ ҳәм қарақалпақстанлы исбилермен, “Нукус Дилиша” ЖШЖ директоры Б.Юлдашевлар арасында бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойылды.
Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы рәсмий ўәкиллери ҳәм исбилерменлеринен ибарат делегация ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында болып елимиздиң бизнес орталығы, жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысып атырғанлығын айрықша атап өтиў керек.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артықовтың басшылығында Манғыстаў областы рәсмий ўәкиллери ҳәм исбилерменлеринен ибарат делегация Нөкис қаласында жайласқан өндирислик тараўда жумыс алып барыўшы бир қатар кәрханалар ҳәм Нөкис дийқан базарында болып, өндирис қуўатлылығы хәм азық-аўқатлардың сапасы, баҳаларын үйренип, көп ғана мағлыўматларға ийе болды.
― Делегация ўәкиллери Қарақалпақстанда ислеп шығарылған өнимлер менен бир қатарда, азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине үлкен қызығыўшылык билдирип атыр. Мәмлекетимиз басшысының қоллап-қуўатлаўы менен Қазақстан Республикасының Маңғыстаў областы, Ақтаў қаласына «Нөкис – Маңғыстаў – Нөкис» жөнелисинде жолаўшы поездларының қатнаўы август айынан баслап жолға қойылды. Бул имканият елимизде жетистирилген өнимлерди Қазақстанға экспорт етиўге қолайлық жаратады. Жақын күнлерде Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы тапсырмасына муўапық, Қазақстан Республикасының Манғыстаў областында “Саўда үйи”н шөлкемлестириў ушын Қарақалпақстанлы мәкеме ҳәм шөлкем басшылары ҳәм исбилерменлерден ибарат делегация рәсмий сапарға жол алады,-дейди басқарма баслығы К.Артықов.
Бул бағдардағы сөйлесиўлер ҳәм әмелий жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги