«Миграция процесслерин басқарыў системасын реформалаў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПҚ- 162-санлы, 17,10,2024-ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң жумысы сапластырылғаннан соң, Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги шөлкемлестирилди.
Сырт елде мийнет етиўди әмелге асырыўшы шахсларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў қоры Агентликке өткерилип оның тийкарында Миграция қоры шөлкемлестириледи.
Агентлик сыртқы мийнет миграциясы тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы, мәмлекетлик уйымлардың усы бағдардағы жумысын муўапықластырыўшы ҳәм бул тараўда мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши ўәкилликли Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымы есапланады.
2025 -жыл 1-январдан:
Агентликке жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жумысын тексериўге байланыслы қадағалаў илажларын өткериўге рухсат етиледи;
Агентлик жуўапкершилигине ол тәрептен өткерилген ҳәр қандай тексериўлер нәтийжеси бойынша дүзилген протоколлар, анықланған нызам бузылыўы жағдайларының саны ҳәм өзгешелиги ҳаққындағы мағлыўматларды мәжбүрий тәртипте 5 күнде «xorijda ish» электрон бағдарламасына жайластырып барыў миннетлемеси жүкленеди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги