Түркия пайтахты Анкарадағы «TUSAS» қорғаў заводына уйымластырылған террор ҳәрекети ақыбетинде 5 адам қайтыс болғаны ҳәм 14 адам жарақат алғаны мәлим етилди.

«АзерТАЖ» хабарына бола, мәмлекеттиӊ ишки ислер министри Али Эрлиқоянның социаллық тармақтағы бетинде еки терроршы жоқ етилгени ҳаққындағы хабары берилген. Министр қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына кеўил билдирип, жарақат алғанлар тезирек саўалыўын тилеген.

Ҳәдийсе бойынша вице-президент Жевдет Йилмаз да баянат берип, кәрханаға ҳийлекерлик пенен уйымластырылған ҳүжимнен мақсет Түркия қорғаныў санаатыныӊ табысларын кемситиўге ҳәрекет екенин атап өткен.

– Исенимим кәмил, олар табысқа ерисе алмайды, – деди Йилмаз. – Ҳуқық-қорғаў уйымлары дәслепки минутлардың өзинде жағдайға араласқан, Анкара Бас прокуратурасы жынайый ис ашқан. Терроризмге қарсы гүрес қатаң даўам етеди.

Еслетип өтемиз, кеше жергиликли ўақыт пенен саат 15.30 да Қаҳрамонқазан ўәлаятындағы заводқа бир топар терроршылар ҳүжим еткен. Жарылыўдан кейин кириў орнында атыспа басланған. Хызметкерлер тезлик пенен компания аймағындағы турақ жайларға көширилип, полиция кәрханаға алып барыўшы барлық жолларды жапқан. Аўыр жарақат алғанлар вертолётта емлеўханаларға жеткерилген, қалғанлар тез жәрдем машинасында жақын әтираптағы медицина орынларына алып барылған.

Әдиллик министри Йилмаз Тунч пайтахттағы терактти кескин қаралап, қанлы ўақыяны бир топар тәжирийбели қәнигелер тергейтуғынын айтты.

Ушыўшысыз басқарылатуғын самолёт ҳәм вертолётлар ислеп шығарылатуғын «TUSAS» аймағында бесинши әўлад түрк әскерий самолёты – KAAN да таярланып атырғанын атап өтиў керек. Қурылмалардың бир бөлеги мәмлекет Қураллы Күшлери контр террор әмелиятында пайдаланылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги