Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбе сарайында “Қобыз бийбаҳа байлығымыз” атамасында көргизбе шөлкемлестирилди.

Көргизбениң ашылыў мәресиминде Өзбекстан Көркем өнер академиясы академиги, Қарақалпақстан халық художниги Сәрсенбай Байбосынов, Қарақалпақстан халық художниги Барлықбай Айтмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Туризм Басқармасы баслығы Гүлбәҳәр Изентаева, Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими бас илимий хаткери Ахмет Хожамбергеновлар сөзге шығып, миллий мәдений мийрасларымызды сақлаў, олардың бүгинги күндеги әҳмийетин еле де арттырыў керек екенлигин, соның ишинде қобыз әсбабының миллийлигимизди ҳәм тарийхымызды сәўлелендириўдеги орнын айрықша атап өтти.

Көргизбеге қойылған  ҳәр бир картина өзиниң тарийхый ўақыялар көринисине ийе болып, сол дәўирдеги сөз шеберлери есапланған жыраў-шайырларды шеберлик пенен жеткерип бере алған. Мысал етип айтатуғын болсақ, Қәўендер Бердимуратовтың картинасында Жийен жыраў образы, Жоллыбай Изентаевтың “Әжинияздың қайтыўы” картинасында Әжинияз образы, Сарсенбай Байбосыновның “Аўылда той” картинасы, Василий Джапаровтың “Саз”, “Қобыз” ҳәм басқа да көргизбеден орын алған шығармалары усы мазмундағы тарийхый тулғаларды өз картиналарында шеберлик пенен сәўлелендириўге ерискен.


Илаж соңында жас жыраўлар қобыз шертип, келгенлерге руўхый заўық бағышлады.

 

Абдуллаева Шахноза-Бану,

Яқупбаева Перуза

Бердақ атындағы ҚМУ студенлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги