Ҳүрметли ишки ислер системасының хызметкерлери!

Қәдирли офицер ҳәм генераллар, сержант ҳәм қатардағы әскерлер!

Ҳүрметли ветеранлар!

Сиз, әзизлерди бүгинги қутлы байрамыңыз бенен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Бул қуўанышлы әййямда сизлердиң халқымыз тынышлығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарындағы үлкен хызметлериңизди және бир мәрте миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Ҳәзирги күнде «Барлық реформа ҳәм өзгерислер – инсан қәдирин улығлаў ушын» деген ийгиликли принцип тийкарында пүткил елимизде пуқараларымыз ушын мүнәсип мийнет ҳәм жасаў шараятларын жаратыў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин жоқарылатыўға қаратылған үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда ишки ислер уйымларының жумысын жетилистириў, оларды ел-халық мәплери жолында хызмет ететуғын халықшыл ҳәм профессионал системаға айландырыўға қаратылған ҳәрекетлеримиз, сөзсиз, үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Бул ҳаққында сөз болғанда, соңғы жыллары барлық мәҳәллелерде қәўипсиз, тыныш ҳәм татыў орталық жаратыў, аймақларда алдыңғы тәжирийбе ҳәм әмелиятларды енгизиў бойынша әҳмийетли нәтийжелер қолға киргизилип атырғанын атап өтиў керек.

Атап айтқанда, Хийўа районының Ғәрезсизлик мәҳәллеси үлги сыпатында белгиленип, усы тийкарда 314 криминоген жағдайы аўыр мәҳәлледе санластырыў процеси толық әмелге асырылды. Жақын жайласқан, криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелерди киши аймақларға ажыратқан ҳалда, оларда жаңаша жумыс усыллары арқалы жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша Наманган қалалық тәжирийбеси жаратылды.

Профилактика, патруль-пост ҳәм пробация хызметлери инспекторларының жумысына заманагөй санлы технологиялар ҳәм техникалық қуралларды кеңнен енгизиў, хызметкерлердиң билим дәрежесин арттырыў арқалы аймақларда қәўипсиз орталық жаратыў бойынша комплексли илажлар өткерилмекте. Атап айтқанда, Бухара ўәлаятында мәҳәллелердеги жәмийетлик орынларда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ушын киши көлемдеги дронлардан пайдаланыў тәжирийбе түринде жолға қойылды.

Ең әҳмийетлиси, биз жас әўладымыздың саламат турмысы ҳәм келешегин тәмийинлеў ушын  нәшебентликтиң алдын алыў, жасларда бундай қуралларға күшли иммунитетти қәлиплестириў ҳәм олардың нызамсыз айланысына, әсиресе, интернет тармақлары арқалы тарқалыўына шек қойыўға қаратылған миллий стратегиямызды қабылладық ҳәм оны қатаң түрде орынлаўға киристик.

Әне, усындай реформалар нәтийжесинде жынаятшылықты жылаўлаў бойынша қатнаслар пүткиллей өзгерди. Ҳуқықбузарлық жүз бериўи ямаса оннан жәбирлениўи мүмкин болған пуқараларды профактика инспекторлары ўақтында анықлаўы ҳәм машқалалар «мәҳәлле жетилиги» тәрепинен нәтийжели шешилиўи ушын социаллық профилактика системасы ҳәм оның социаллық-ҳуқықый механизмлери жаратылды. Жынаятшылыққа байланыслы тенденцияларды комплексли илимий қатнаслар тийкарында анықлаў, системаластырыў ҳәм унамсыз факторларды сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў мақсетинде Ишки ислер министрлиги системасында Өзбекстан Криминология изертлеў институты жумыс баслады.

Республикамызда тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери халықаралық көлемде де тән алынып атырғанын атап өтиў керек. Мысалы ушын, Уллы Британияның Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен өткен жылы жәрияланған рейтинг көрсеткишлери бойынша Өзбекстан дүньяның 121 мәмлекети арасында ең қәўипсиз мәмлекет деп тән алынды. Бундай жетискенлик бизге қанаатланыўшылық бағышлаў менен бирге, үлкен жуўапкершилик те жүклейди.

Әзиз дослар!

Система хызметкерлериниң кәсиплик шеберлигин арттырыў, олардың социаллық-ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў мәселеси де бәрқулла дыққатымыз орайында болып келмекте. Бул процессте, бәринен бурын, алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан ҳәм криминоген жағдайы аўыр болған район ҳәм мәҳәллелерде хызмет етип атырған хызметкерлердиң мийнетине айрықша әҳмийет берилип, олар ушын мүнәсип хызмет ҳәм турмыс шараятлары жаратылмақта.

Әлбетте, бүгинги жедел раўажланыў әсиринде ишки ислер уйымларының күнделикли жумысын инновациялық қатнаслар, санлы технологиялар ҳәм илим жетискенликлерине сүйенген ҳалда шөлкемлестириў – елимизде ҳуқық қорғаўды және де беккемлеўдиң әҳмийетли факторы екенин сизлер жақсы түсинесиз.

Соның ушын системада алып барылып атырған кең көлемли реформа ҳәм жаңаланыўларды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз. Соның ишинде, жаңа түрдеги жынаятлар ҳәм мәлимлеме қуралларының жәрдеминде жүз берип атырған ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиўде тәсиршең механизмлерди қолланыў, криминоген жағдай бойынша «қызыл» категорияда болып киятырған мәҳәллелерде илимий қатнаслар тийкарында жынаятшылықты жылаўлаў бойынша мәнзилли жумыс алып барыўымыз, тергеўдиң сапасын арттырыў арқалы халық арасында бул тараўда әдилликке болған беккем исенимди қәлиплестириўимиз керек.

Улыўмаластырып айтқанда, ишки ислер системасындағы өзгерислердиң әмелий нәтийжесин халқымыз күнделикли турмысында бәрқулла сезиўи шәрт.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерге өз хызмет миннетиңиз ҳәм муқаддес антыңызға ҳәмийше садық қалып, Ўатанымыз ҳәм халқымызға пидайы хызмет етип киятырғаныңыз ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Әлбетте, сизлердиң машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетиңизди мүнәсип хошаметлеў келешекте де мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң дыққат орайында болады.

Бул қутлы әййямда ел-халқымыз тынышлығы ҳәм татыўлығы жолында қайтыс болған мәрт ҳәм батыр тараў хызметкерлериниң естелигин ҳүрмет ҳәм иззет пенен еслеп, олардың шаңарақлары ҳәм перзентлерине байрам қутлықлаўымыз ҳәм жақсы тилеклеримизди жоллаймыз.

Сизлерди Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, тынышлық ҳәм қут-берекет, жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти