22-октябрь күни «Агросанаат комплексинде мәмлекетлик қадағалаў системасын және де жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы (Өзагроинспекция) Министрлер Кабинети бойсыныўына өткерилди.

Өзагроинспекцияға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:

– бийдайды қабыллаў, сақлаў ҳәм қарыйдарларға жүклеп жибериў процесинде пайда болатуғын тәбийғый азайыў муғдарын есаптан шығарыўды қадағалаў;

бийдай жетистириўшилерден сатып алынатуғын бийдайды қабыллаў ҳәм сатыў процесслеринде стандарт талапларына бола сапа көрсеткишлери бойынша (муўапықлылық сертификаты) ҳәм бийдай класслары (сапа сертификаты) бойынша сертификатлаўды қадағалаў;

– импорт етилип атырған аўыл хожалығы егинлериниң туқымлық ҳәм нәл материалларында гении модификацияланған организмлердиң (ГМО) бар екенлигин анықлаў;

– барлық кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылыс техникаларының техникалық жағдайы, олардың экплуатацияланыў нәтийжелилиги, сондай-ақ, сервис ҳәм оңлаў хызметлериниң сапасы, аўыл хожалығы техникасы ҳәм технологияларын мәжбүрий ҳәм күнделикли сынақтан өткериў үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;

– тараўда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳәм есабатларды жүргизиў процесслерин толық санластырыў.

ӨзА