«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының районлық басқышы өткерилди

206



Тахтакөпир районы Мәденият орайында районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң басламасы менен «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Таңлаўға районның барлық аймақларынан мәмлекетимиздиң сиясий, экономикалық раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған, шаңарақта ҳәм перзент тәрбиясында өрнек көрсетиў менен бирге өзи мийнет етип атырған шөлкемниң жумысларында жақсы нәтийжелерге ерискен белсенди ҳаяллар қатнасты ҳәм белгиленген шәртлерге муўапық өз-ара беллести.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, Айдынжол мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан қатнасыўшы Зульфия Аметовалар жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Сондай-ақ, таңлаўда белсене қатнасқан басқа да қатнасыўшылар район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы