Россия СИМ басшысы Сергей Лавров 28-29-октябрь күнлери әмелий сапар менен Өзбекстанда болады.
Лавровты Өзбекстан Президенти қабыл етиўи, сондай-ақ, ол мәмлекет СИМ басшысы Бахтиёр Саидов пенен де сөйлесиўлер алып барыўы режелестирилген.
Сөйлесиў даўамында тийкарғы итибар Россия-Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де тереңлестириў мәселелерине, биринши гезекте, усы жылдың 26-28-май күнлери болып өткен Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапарының жуўмақлары бойынша келисимлерди әмелге асырыўға байланыслы мәселелерге қаратылады.
Еки тәреплеме күн тәртиби ҳәм тәреплерди қызықтырған әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер усы көзқарастан көрип шығылыўы күтилмекте.
Россияның Өзбекстандағы елшиханасының мәлим етиўине бола, соның менен бирге, Өзбекстанның ЕАЭАда бақлаўшы статусын есапқа алған ҳалда Евроазия интеграциясы процесслерин дипломатиялық қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысады.
Сондай-ақ, Лавровтың Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен сөйлесиўи режелестирилген, -деп мәлимлеме береде xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги