Қылышласыўдың сабля түри бойынша Өзбекстан жаслар сайланды командасы Корея Республикасына жол алды.

Командамыз ағзалары 3-ноябрьге шекем Пусан қаласында шөлкемлестирилетуғын халықаралық оқыў-шынығыў жыйыны ҳәм жәҳән кубогиниң гезектеги басқышында қатнасады.

Соны айтып өтиўимиз керек, сайланды команда қурамында, қарақалпақстанлы сабляшылардан Наргиза Жақсыбаева, Аякөз Жумамуратова ҳәм Гүлистан Пердебаевалар орын алған.

Сондай-ақ, бул жарыста усы қызлардан тысқары, сайланды команда қурамында Луиса Херрера Лара Фернанда ҳәм Самира Шокировалар да қатнасады.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы