БМШ: Дүнья бойынша 735 миллион адам ашлықтан қыйналмақта

158

Жер жүзинде жәми 735 миллион адам тойып аўқатланбаўдан қыйналмақта, миллионлаған инсанлар ашлықтың жағасында турыпты. Бул ҳаққында БМШ Инсан ҳуқықы бойынша Жоқары комиссары Фолькер Тюрк социаллық тармақта жазған.

– Азық-аўқат жетерли, бирақ көп ысырап болып атыр, – деп атап өткен ҳәмелдар. – Тәмийнатқа ерисиў ушын азық-аўқаттың жетерли муғдары, арзанлығы ҳәм турақлылығы биринши орынға қойылатуғын системаға өтиў зәрүр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги