Лионг Кионг – Вьетнамның жаңа президенти

Вьетнам Коммунистик партиясы Орайлық комитети хаткери турақлы ағзасы генерал Лионг Кинонг мәмлекет президенти етип сайланды. Бул ҳаққында «VnExpress» баслымы жазған.
Бул қарар Миллий мәжилистиң барлық 440 депутаты тәрепинен толық қоллап-қуўатланған. Даўыс бериўден кейин көп өтпей, Лионг Кионг ант етиў ушын минберге көтерилди.
Вьетнамның жаңа Президенти 67 жаста. Лионг 1975-жылы армияда хызмет ете баслаған ҳәм сиясий комиссар, Армия округи Бас басқармасы баслығының орынбасары дәрежесине шекем көтерилген. Сондай-ақ, мәмлекет Бас сиясий басқармасы баслығы лаўазымын да ийелеген.
2013-жылы тастыйықланған Конституцияға тийкарланып, Президент Миллий Мәжилис тәрепинен депутатлар арасынан сайланады. 2024-жылы 22- майда бул лаўазымды Ҳүкимдар партияның ОК бас хаткери етип сайланған То Лам ийелеген еди.
ӨзА