Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 23-24-октябрь күнлери БРИКС бирлеспеси мәмлекетлериниң саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Қазан қаласында болады.

Мәмлекетимиз басшысы Россия тәрепи басшылығында өткерилетуғын «БРИКС плюс» форматындағы жалпы сессияда шығып сөйлейди.

Ушырасыў күн тәртибинен инклюзив ҳәм турақлы раўажландырыўды тәмийинлеў мақсетинде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған. Сондай-ақ, глобал сиясаттың әҳмийетли тәреплери додаланады.

Буннан тысқары, сапар бағдарламасында бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи нәзерде тутылған.

БРИКС бирлеспеси 2006-жылы шөлкемлестирилген. Ҳәзирги ўақытта Бразилия, Россия, Ҳиндстан, Қытай, Қубла Африка Республикасы, Бирлескен Араб Әмирликлери, Иран, Египет ҳәм Эфиопия оның ағзалары болып есапланады.

 

ӨзА