Молдова Республикасында конституциялық референдум табыслы өтти, деп хабар бермекте «АзерТАЖ» хабар агентлиги. Онда дизимге киргизилген сайлаўшылардың 42,44 проценти қатнасты.
Бул мағлыўматларды мәмлекеттиң Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы Анжелика Караман брифингте мәлим болды.
Оның сөзлерине бола, референдумда саат 18.00 ге шекем 1 миллион 228 мыңнан аслам пуқара қатнасқан.
Конституциялық референдум шеңберинде пуқаралар «Сиз Молдова Республикасының Европа Аўқамына қосылыўы ушын Конституцияға өзгерис киргизиў тәрепдарымыз?» деген сораўына бюллетенде «Аўа» яки «Яқ» деп жуўап берди.
Еслетип өтемиз: Республика конституциялық референдумы Молдова Президенти Майя Санду басламасы менен шөлкемлестирилген ҳәм бул усынысқа 46 депутат тәрепинен қол қойылған, соң Конституциялық суд тәрепинен мақулланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги