Республикалық мәлимлеме китапхана орайында «Тил-миллет мақтанышы» атамасында байрам илажы шөлкемлестирилди.
Оған Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист, «Qoraqalpog‘iston tongi» газетасының бас редакторы Н.Матякубова, Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьялары, пайтахтымыздағы 2-санлы кәсип-өнер мектебиниң оқытыўшылары, китапхана жәмәәти ҳәм жаслар қатнасты. Онда сөзге шыққанлар, мәмлекетлик тилдиң раўажланыў тарийхы, ҳуқықый статусы, мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарлары туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Илажда атап өтилгениндей, 21-октябрь ҳәр жылы пүткил мәмлекетимизде әҳмийетли тарийхый сәне сыпатында кең түрде белгиленеди. Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген бул сәне халқымыздың тарийхы ҳәм мәденияты менен байланыслы болып, оның раўажланыўы ҳәм мәмлекеттеги орнын беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе. Солай екен, миллий тил ҳәр бир халықтың тарийхы ҳәм өзлигин, руўхый дүньясын өзинде сәўлелендиретуғын теңсиз байлық болып есапланады.
Ҳәзирги күнде елимизде мәмлекетлик тилди раўажландырыў, оның абырайын ҳәм дәрежесин арттырыў, халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, кейинги жыллары көплеген уйымлық ҳүжжетлер мәмлекетлик тилге өткерилди, 100 мыңнан артық географиялық объекттиң атамасы мәмлекетлик реестрге киргизилди, аймақлардағы 150 мыңнан аслам сыртқы жазыўлар мәмлекетлик тил ҳәм реклама ҳаққында нызам ҳүжжетлериниң талапларына муўапықластырылды.
Илажда баянатлардан соң, пайтахтымыздағы 2-санлы көркем-өнер мектеби оқыўшыларының атқарыўындағы байрам концерт бағдарламасы қойып берилди. Онда жаслар тәрепинен ана тили, оны қәдирлеў, ҳүрмет етиў, тилдиң бүгинги турмысымыздағы әҳмийетин жырлайтуғын қосық тақмақлар атқарылып, йошлы қосық ҳәм намалар жыйналғанларға ҳақыйқый байрам кейпиятын бағышлады.
Өз гезегинде усындай илажлардың өткерилиўи жасларда жуўапкершилик пенен бирге ана тилин ҳүрметлеў, онда сап таза ҳалында сөйлеў арқалы келешек аўладқа жеткерип бериўдей мақтанышлы сезимлерди жәнеде беккемлейди.
Гүлайым Ганиева,
Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бойынша бас консультанты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги