Ташкентте Өзбекстан ҳәм Қатардың 40тан аслам ири компаниясы ўәкиллериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети болып өтти.
Өзбекстан тәрепи саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң раўажланыўы унамлы пәтке енгени, Қатардың ири компаниялары елимизде энергетика, жол инфраструктурасы, логистика ҳәм туризм тараўларында инвестициялық жойбарларды табыслы әмелге асырып атырғанына әҳмийет қаратылды.
Соның менен бирге, экономиканың тийкарғы тармақларында биргеликтеги жойбарлардың санын көбейтиў ушын еле пайдаланылмаған үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди. Сөз аўыл хожалығы, азық-аўқат, тоқымашылық, таў-металлургия, энергетика ҳәм нефть-химия, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика, транспорт ҳәм логистика тараўлары, сондай-ақ, кең көлемли локализациялаў бағдарламасы ҳаққында бармақта. Ҳәзирги ўақытта жаңа басламаларды алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Қатар тәрепи Өзбекстанның инвесторлар ушын қолайлы мийнет шараятын жаратыў бағдарындағы ҳәрекетин жоқары баҳалап, додаланған барлық жойбарлар бойынша белсене ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
Дөгерек сәўбетиниң жуўмағы бойынша республикамызда «Qatar Dynasty Jet» компаниясының ўәкилликханасын ашыў бойынша ҳүжжет, Қатардың «Al Mai Trading», «High Com Global Trading» ҳәм Өзбекстанның «Millmax Trading» ҳәм «Turan as» компаниялары арасында аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери экспортын жолға қойыў бойынша шәртнамаларға қол қойылды.
Муҳаррама ПИРМАТОВА, ӨзАның хабаршысы