Кеше футбол бойынша Элит чемпионлар лигасының 3-тур ойынлары болып өтти.
Олардың биринде Ташкентиң «Пахтакор» клубы Ирактың «Ал-Шорта» командасының мийманы болды.
Дәслепки турда «Ал-Васл»ға 0:1 есабында жеңилип, екинши турда «Персеполис» пенен 1:1 ойнаған ташкентли футболшылар бул ушырасыўда 3 упай ушын ойынға түскен еди. Бирақ, ойын даўамында еки команда ағзалары да гол урыўға ҳәрекет еткени менен, ушырасыўда есап ашылмады ҳәм бул ойын 0:0 есабы менен жуўмақланды.
Ал, усы топардағы басқа ойынларда болса, «Ал-Ҳилал» мийманда «Ал Айн»ды 5:4, «Ал-Садд» «Персеполис»ти 1:0, «Ал-Аҳли» мийманда «Ал-Райян»ды 2:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы