21-октябрь – Өзбек тилине мәмлекет тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен орынларда байрам илажлары өткерилмекте. Арқа-Батыс әскерий округи әскерий бөлимлеринде де байрамға бағышланған мәдений-ағартыўшылық илажлар, көркем әдебиятқа байланыслы әдебий кешелер, зәкаўат ойынлары, дөретпелер таңлаўы шөлкемлестирилди.
Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Өзбек тили – миллий өзлигимиз ҳәм бийғәрез мәмлекетшилигимиздиң тымсалы!” сүрени астында мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти. Онда Нөкис инновациялық институты профессор-оқытыўшылары, студентлери ҳәм 44-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары, әскерий хизметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, әскерлер қатнасты.
Илажда шығып сөйлеген баянатшылар өзбек тилиниң тарийхы, раўажланыў басқышлары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип, тилдиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан дөретиўшилердиң дөретпелеринен оқып берди.
Атап өтилгениндей, шынында да, өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл болған болса да, әййемги түркий тилдиң тарийхы узақ әсирлерден саза береди. Орхон-Енисей жазыўлары, Юсуф Хас Ҳажиб ҳәм Маҳмуд Қашғарий дөретпелери әййемги түркий тиллерден айтса, сөз мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының дөретпелери өзбек тилиниң қаншелли бай тил екенин тастыйықлайды.
Илажда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлериниң қосық ҳәм ойын ансамбли жәмәәти тәрепинен Ўатанды жырлаўшы нама ҳәм қосықлар атқарылды.
Илаж соңында, келген мийманлар арқа шегарашылардың жумыслары сәўлеленген музейди тамашалап, баҳалы мағлыўматлар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги