Соңғы гезлери елимизде медицина тараўын раўажландырыў бойынша  әҳмийетли қарар ҳәм пәрманлар қабыл  етилип,  бир қатар реформалар алып барылмақта. Медицина тараўының раўажланыўы әмелдеги ислерде өз көринисин таўып, халқымызға сапалы медициалық хызметлер көрсетилип келинбекте. Усындай илажлардың қатарында Мойнақта биринши мәрте видеолапароскопия үскенеси менен гинекологиялық операция өткерилди.

Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы гинеколог шыпакери Р. Жуманова басшылығында Мойнақ районлық медицина бирлеспесиниң хурург шыпакерлери менен биргеликте Мойнақ районында биринши мәрте видеолапароскопия үскенеси менен гинекологиялық операциясын әмелге асырды.

32 жастағы ҳаялдың  жатырдан тыс ҳәмиледарлық жағдайы  өмирине қәўип болып турған еди. Тәжирийбели шыпакерлердиң әмелге асырған операциясынан кейин ҳаялдың жағдайы жақсы ҳәм шыпакерлер бақлаўында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги