Мәмлекетимизде жаңа системада болып өтетуғын сайлаў процесслерине халықаралық бақлаўшылар тәрепинен де үлкен қызығыўшылық билдирилмекте. Түрли халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлерден келген бақлаўшылар миссиялары аймақларда, сиясий партия шөлкемелринде болып, сайлаўға таярлық жумыслары менен жақыннан таныспақта.

«Адолат» СДП Орайлық аппаратында партия Сиясий Кеңеси баслығының биринши орынбасары Абдукамол Раҳмонов сиясий таллаўшылар Дорота Рижа ҳәм Рашад Шириновтан ибарат халықаралық сиясий миссия топарын қабыллады.

Партия администрациясы ўәкиллери миссия ағзалары менен елимизде жаңа сиясий әмелият- аралас сайлаў системасы тийкарында өткерилип атырған сайлаўлар, партия тәрепинен алып барылып атырған үгит-нәсият жумыслары ҳәм партияның бағдарламалық мақсетлери бойынша пикир алысты.

Халықаралық бақлаўшылар партияның сайлаўалды процесслериниң ашықлығын, әдалатлылығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары менен жақыннан танысты. Абдукамол Раҳмонов халықаралық бақлаўшыларға партияның социаллық әдиллик, теңлик ҳәм нызам үсинлигин беккемлеў жолындағы басламалары, нызамшылықта алып барылып атырған өзгерислер ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Бақлаўшылар партия жумысы ҳәм оның халық мәплерине бағдарланған сайлаўалды бағдарламасын унамлы баҳалап, сайлаўларда ҳәр бир партия ушын теңдей шараятлар жаратыў ҳәм демократиялық принциплерге әмел етиўдиң әҳмийетли екенин атап өтти. Сондай-ақ, ушырасыў ақырында партия ҳәм халықаралық миссия ўәкиллери өз-ара бирге ислесиў ҳәм сөйлесиў нәтийжесин таллап, сайлаў процесслеринде конструктивлик ҳәм ашық-айдынлық қатнасықты даўам еттириўге келисип алды.

ӨзА