БМШ Раўажланыў бағдарламасы (БМШРБ) ҳәм Британияның Оксфорд кәмбағалыққа қарсы гүресиў ҳәм инсан раўажланыўы басламасы (OPHI) дүньяда кәмбағаллар саны қанша екенин баҳалады. Изертлеў OPHI рәсмий сайтында жәрияланды.

Есабатқа бола, дүньяның 1,1 млрд халқы кәмбағаллықта күн кеширмекте. Олардың 40 проценти (455 млн адам) урыс ишинде қалған, турақлылық жоғалған яки тынышлықты сүйиў дәрежеси төмен мәмлекетлердиң халқы.

«Урыс-жәнжеллер болып атырған мәмлекетлерде қәмбағаллық дәрежеси жүдә жоқары екенин анықладық. Урысып атырған мәмлекетлерде ҳәр үшинши адам ҳәм оннан көбиреги (34,8 процент) жарлы болса, урыстан жырақ мәмлекетлерде ҳәр 9 адамнан бири (10,9 процент) жарлы екенин Уппсала урыс мағлыўматлары бағдарламасы тастыйықламақта», — деди изертлеў авторлары.

Дүньядағы 1,1 млрд кәмбағал халықтың ярымынан көбиреги (584 млн) — 18 жасқа шекемги балалар.

Кәмбағаллардың көпшилик үлкен бөлеги (828 млн) әпиўайы санитария шараятларына да ийе емес, олардың 886 миллионы турақ-жайсыз, 998 миллионында аўқат писириў ушын қазан астына жағатуғын зат та жоқ.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги