Нөкис қаласындағы Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен  “Рус классиклери қарақалпақ тилинде сөйлейди” атамасында шөлкемлестирилген театр пьесаларының дәслепки санлары премьера сыпатында көрсетилди.

Бул жойбар Россия Федерациясының «Русский мир» фонды тәрепинен енгизилген грант тийкарында қаржыландырылған болып, ондағы тийкарғы мақсет – Қарақалпақстан Республикасында рус тили әдебияты, көркем өнери ҳәм мәдениятына болған қызығыўшылықты арттырыў болып есапланады.

Жойбарда Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри, Өзбекстан көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры, тәжирийбели профессор-оқытыўшылар ҳәм инталы студент-жаслар қатнасты.


Енди 12 ай даўамында усы сыяқлы рус әдебиятының ески дөретпелери тийкарында сахналастырылған спектакльлер Өзбекстан Республикасы бойлап гастроль сапарларында қойылыўы режелестирилген.

Жойбардың улыўма фонды 1 миллион 14 мың 900 Россия рублине тең болып, оның координаторы “Режиссура” кафедрасының баслығы, доцент Лизахан Уразмбетова басшылығында алып барылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги