Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың волейбол түринен 16-21, 22-30-жас аралығындағы ерлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Оған республикамыздың барлық аймақларынан күшли командалар қатнасты.
Оғада қызықлы өткен жарыс жуўмағында, 16-21 жас аралығында ерлер арасында биринши орынды Тахтакөпир, екинши орынды Әмиўдәрья ҳәм үшинши орынды Шоманай районы командалары ийелеўге миясар болды.
Ал, усы жас категориясында қызлар арасында өткерилген жарыста Төрткүл районы жаслары биринши, шымбайлы волейболшылар екинши ҳәм Қоңырат районы командасы үшинши орынды ийелеўге еристи.
22-30 жас аралығында жигитлер арасында болса, шымбайлы жаслар барлық қарсыласларын жеңип шығып, жарыс жеңимпазына айланды.
Финалда жеңимпаз командаға утылып қалған Қараөзек районы командасы екинши ҳәм шоманайлы жаслар үшинши орынға ылайық деп табылды.
Қызлар арасында өткерилген жарыста болса, мойнақшылар биринши, шоманайлылар екинши ҳәм
Төрткүл районы волейболшылары үшинши орынды ийелеўге еристи.
Жарыс жуўмағында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы