14-октябрь күни «Санластырыў тараўында экспорт жумысы менен шуғылланыўшы кәрханаларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша  илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, IT -парк резидентлерине төмендеги қосымша жумыс түрлери бойынша хызмет көрсетиўге руқсат бериледи:

– мәлимлеме технологиялары тараўында шөлкемлестирилетуғын билимлендириў хызмети  шеңберинде, инглис тили менен бир қатарда басқа шет тиллерин де оқытыў;

– интернет арқалы  мәлимлеме хызметлерин экспорт етиў жумысы шеңберинде, бизнес-процесслер аутсорсинги бағдары бойынша билимлендириў жумысын әмелге асырыў;

– интернет арқалы билим процесслери аутсорсинги (Knowledge Process Outsourcing) хызметлерин сырт мәмлекетлерге экспорт етиў.

2025-жыл 1 –февральдан 2030-жыл 1-январьға шекем экспорт хызметлериниң көлеми календарь жылы даўамында 10 миллион АҚШ долларынан артқан IT-парк резидентлерине мәлимлеме технологиялары тараўындағы хызметлерин көрсеткен, Өзбекстан менен еки жақлама  салыққа тартыўдың алдын алыў ҳаққында  келисим дүзилмеген мәмлекетлердиң юридикалық тәреплери усы календарь жылының ақырына шекем пайда салығынан азат етиледи.

2025-жыл 1-февральдан 2040-жыл 1-январьға шекем улыўма дәраматы қурамында экспорт көлеми 50 проценттен аслам болған IT-парк резидентлериниң дөретиўшилери (қатнасыўшылары) – Өзбекстан резидентлери болмаған физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң дивидендлер тәризиндеги дәраматларына физикалық тәрептен алынатуғын дәрамат салығы ҳәм пайда салығының 5 процент ставкасы енизиледи.

ӨзА