Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент ўәлаятын раўажландырыў ўазыйпалары бойынша мәжилис даўам етпекте.

Үш жылда коммерциялық объектлер пайтахтта 5,7 миллион квадратқа көбейген болса, Ташкент ўәлаятында 1,6 миллионға асты.

Ўәлаятта ҳәр жылы 1 миллион квадрат коммерциялық орын шөлкемлестириў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Жылдың ақырына шекем 115 көп қабатлы турақ жай, 39 километр суў ҳәм 29 километр газ тармағы қурылысын жуўмақлаў ўазыйпасы қойылды.

Зангиата районындағы Ибрат ҳәм Улығбек мәҳәллелерине хызмет еткен 2 ақаба суў имаратының гөнергени, Бағзар ҳәм Нурабад мәҳәллелериндеги көп қабатлы турақ жайларда ысытыў ҳәм ақаба системасының машқалалы екени көрсетип өтилди.

Жуўапкерлерге бул 4 мәҳәлледе суў, ақаба ҳәм ысытыў системасын жақсылаў жойбарларын таярлаў тапсырылды.

ӨзА