Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент ўәлаятын раўажландырыў ўазыйпалары бойынша мәжилис даўам етпекте.
Мәжилисте Ташкент районының ўәлаят халқына турақ жай қурыў ушын тийкарғы база болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Ташкент районы арқалы Қазақстаннан күнине 44 мың адам, соның ишинде, 2-2,5 мың сырт ел туристи өтип қайтады.
Жуўапкерлерге «Шыпалы суўлар» аймағынан және 5 санаторий қурыў ушын орын таўып, аукционға шығарыў, Шыпалы суўлар көшесин кеңейтип, әтирапында ири саўда, спорт ҳәм кеўилашар орайлар, көп қабатлы турақ жайлар қурыў бойынша мастер реже ислеп шығыў тапсырылды.
Пайтахттағы кәрханаларға ўәлаяттағы қурылысы тоқтаған объектлерге көшип өтиўди усыныс етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бираз ўақыттан бери сатылмаған 70 объект пайтахттағы исбилерменлерге бөлип-бөлип төлеўге бериледи. Шәрти – жумысшылардың 50 проценти кәмбағал шаңарақтан болыўы керек.
ӨзА