Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент ўәлаятын раўажландырыў ўазыйпалары бойынша мәжилис даўам етпекте.
Кейинги бир айдың өзинде ўәлаятта қосымша 13 миллиард доллар инвестиция, 500 мың жумыс орны, бюджетке 3,5 триллион сум түсим түсириў имканиятлары анықланды. Мәселен, ўәлаятта исбилерменлик пенен шуғылланыўға қызығыўшылық күннен-күнге артып атыр. Пайтахттағы кәрханалар да инфраструктура жақынлығы, жер, мүлк салығы, жумысшы күшиниң арзанлығы ушын Ташкент ўәлаятынан орын излемекте.
Соның ушын, Ташкент, Қыбрай, Зангиата, Жоқары Шыршық, Орта Шыршық районлары, Шыршық ҳәм Нурафшон қалалары пайтахт районлары менен теңдей раўажланыўы керек, деди Президент.
Мысалы ушын Ташкент районының Қарасарай ҳәм Ҳасанбай гүзары мәҳәллелеринде 97 гектарда индустриал технопарк шөлкемлестириледи.
Бул жерде 350 миллион долларлық жоқары қосымша қунлы жойбарларды шөлкемлестириў мүмкин.
Буннан тысқары исбилерменлер жәми 107 гектарда экопарк, аквапарк, саўда комплекси, мийманхана ҳәм логистика орайларын қурмақшы, және 100 гектарда 35 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурыўға таяр тур.
ӨзА