Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ДИИҲБ) миссиясының басшысы Уэйк Дуглас пенен ушырасты.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслерге депутатлар сайлаўын бақлаў бойынша мәмлекетимизге келген ЕҚБШның ДИИҲБ миссиясы ўәкиллери улыўмахалықлық референдумы тийкарында жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилген инсан ҳуқықларына байланыслы нормалар ҳәм Омбудсманға берилген ҳуқықлар менен қызықсынды.
Миссия ўәкиллерине жаңаланған Конституцияда беккемленген сайлаўға байланыслы нормалар, Омбудсманның сайлаў процесиндеги ўәкилликлери ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, өз-ара сәўбетте сайлаўға таярлық процесслеринде Омбудсманның қатнасы, сайлаўға байланыслы мүрәжатлер, гендер теңлиги ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиў байланыслары ҳаққында сөз болды.
Ушырасыў қызғын ҳәм дослық руўхында болып өтти.
Н.Абдураимова,
ӨзА