Усы жылдың октябрь айынан Өзбекстанда перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа пулы 738 мың 150 сумнан 811 мың 965 сумға арттырылды. Бул ҳаққында Өзбекстан мәҳәллелер аccоциациясы мәлимлеме хызмети хабар берди.
Бул ең кем мийнет ҳақы муғдарының көтерилгени менен байланыслы. Яғный, 1-октябрьден мәмлекетте мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары 1 миллион 155 мың сум етип белгиленген. «Сүйинши пулы»ның муғдары соннан 70,3 процентин қурайды.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында базалық есаплаў муғдары – 375 мың сум, пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 428 мың сум, жасқа байланыслы ең аз пенсия – 834 мың сум, майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең аз муғдары – 920 мың сумды қурайды.
Мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – 920 мың сум, белгиленген жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдарынан (834 000 сумнан) 920 мың сумға шекемги пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялары – 920 мың сум етип белгиленген.
Зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа – 745 мың сум, жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 745 мыңды қурайды.
Ш.Маматуропова,
ӨзА