Спорт гимнастикасы бойынша Өзбекстан сайланды командасының ең тәжирийбели ағзасы Оксана Чусовитина Россияның Новосибирск қаласында өткерилген «Пүткилроссия» турниринде жеңимпаз болды.
Сегиз мәрте Олимпиада ойынларының қатнасыўшы болған ол турнирдиң таянып секириў түри бойынша ең жақсы нәтийжеге еристи ҳәм россиялы жас гимнастикашы Маргарита Иванова менен алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Соны айтып өтиўимиз керек, Маргарита жарыста екинши орынды ийелеген еди. Бирақ, россиялы спортшылар арасында ең жақсы нәтийжени көрсеткени ушын, шөлкемлестириўшилер тәрепинен оған да алтын медаль тапсырылды.
Солай етип, май айында алған жарақаты себепли, Париж Олимпиадасын өткерип жиберген 49 жастағы Оксана Чусовитина өз денсаўлығын қайта тиклеп, және жарысларға қатнасыўды баслап жиберди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы