Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятының раўажланыўы, халықтың турмысы ҳәм жаңа жойбарлар менен таныспақта. Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ташкент районына барды.

Алдын бул жердиң орайы жоқ еди. Келес жолының көшеси бойлап жаңа имарат ҳәм комплекслер бой тиклегеннен соң, аймақтың көриниси пүткиллей өзгерди. Атап айтқанда, бул бас көше кеңейтилген ҳалда қайта қурылды. Оның еки тәрепинде Мәмлекетлик хызметлер орайы, Жаслар орайы, мәденият сарайы, амфитеатр, универсал спорт комплекси, естелик майданы ҳәм сейил етиў орны сыяқлы көркем имаратлар қурылды.

Ески, пәс үйлердиң орнында 41 көп қабатлы турақ жай қурылды. Енди олардағы 2 мың 536 хожалықта 11 мыңнан аслам халық жасайды. Бул үйлердиң жертөле ҳәм биринши қабатында саўда, улыўмалық аўқатланыў, турмыслық ҳәм қаржы хызметлери бойынша 270 шақапша шөлкемлестирилмекте. Оларда 1 мың 350 адам, соның ишинде, усы жердеги жаслар ҳәм ҳаял-қызлар жумыслы болады.

Мәмлекетимиз басшысы бул дөретиўшилик жумысларды көзден өткерди.

Реновация жойбарында социаллық инфраструктураға үлкен итибар қаратылды. Орайлық емлеўхана, районлараралық перинатал орай, балалар бақшасы, «Инсан» социаллық хызметлер орайы, район тарийхы музейи иске қосылды. Өзгерислер тек ғана район орайында емес. Аймақта жақын-жақынға шекем ишимлик суўы машқала еди. Азия раўажланыў банкиниң қаржылары есабынан 4 ҳәўиз қурылып, 365 километр қубыр тартылды. Нәтийжеде 36 мәҳәллениң халқы таза ишимлик суўы менен тәмийинленди. Кейинги үш жылда районда 218 километр ишки жоллар оңланып, асфальт төселди. Бундай жумыслар және даўам етпекте.

Бул жерде Ташкент районында исбилерменликти раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелери бойынша жуўапкерлердиң есабаты тыңланды. Быйылғы жылдың 6 айында район экономикасы 23 процентке өскен. Жаңа қурылыслар ҳәм олардағы кәрханалар тийкарында салық дәреги көбейген. Ташкент районында 70 мәҳәлле, 62 мың шаңарақ бар. Жағдайы аўыр болған 372 шаңараққа жәрдемлесиў ушын жуўапкерлер ҳәм илажлар белгиленген.

Режедеги жойбарлар, бәнтлик ҳәм исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде жылдың ақырына шекем 34 мың 443 жумыс орны жаратылыўы мөлшерленген.

Президент хожалықлардағы имканиятларды жүзеге шығарыў, исбилерменлердиң кәмбағал шаңарақ ўәкиллерин жумысқа алыўын қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалар берди.

Ташкент районы пайтахтымыздың жанында. Бул жерде турақ жай, өндирис, коммерция, хызмет бойынша жүдә үлкен имканиятлар бар. Жумыс дурыс шөлкемлестирилсе, өзи районда кәмбағаллық болыўы мүмкин емес. Соның ушын экономикалық комплекске, мәҳәллелерге берип атырған имканиятлардан пайдаланып, кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай жүриў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ташкент районында жылдың жуўмағы менен дерлик 53 миллион доллар инвестиция өзлестирилиўи есабынан санаатта өсиў пәти 9 процент, хызмет көрсетиўде 13 процент болыўы күтилмекте. Экспорт көлемин 100 миллион долларға жеткериў мақсет етилген.

ӨзА