Еркин гүрес бойынша Өзбекстан сайланды командасына жаңадан бас тренер тайынланды.

Мағлыўматларға қарағанда, Париж-2024 Олимпиадасы чемпионы Разамбек Жамаловтың устазы, дағыстанлы 52 жастағы Муса Сайдулбаталов сайланды командамыз ағзаларын бас тренер сыпатында алдағы жарысларға таярлайды. Оған усы күнге шекем оның орнында бас тренер болып ислеген Олим Ҳикматов жәрдемлеседи.

Муса Сайдулбаталов спортшылық дәўиринде Украина чемпионы болған ҳәм Европа чемпионатына қатнасқан. Ҳәзирги ўақытта ол еркин гүрес әпсаналарынан бири Бувайсар Сайтиевтиң Ҳасавюрттағы мектебинде тренерлик етпекте.

Сайдулбаталов Разамбектен тысқары, Абубакар Муталиев, Адлан Батаев, Муслим ҳәм Муса Мехтиханов, Умар Муталиев, Имран Хамидов, Хамзат Болатов, Арби Абакаров сыяқлы палўанлардың устазы болып есапланады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы