Мәҳәллелерди абаданластырыўға қаратылған тийисли қарар ҳәм пәрманларға муўапық, орынларда бир қатар қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Шоманай районындағы Таза базар мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жасыл қапламалы футбол майданшасы да қурылып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Усы футбол майданшасының салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Қ.Наўрызов, район ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов, Таза базар мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары ҳәм мектеби жәмәәти қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда «Абат мәкан» ҳәм «Абат аўыл» бағдарламалары тийкарында көплеген қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, қала ҳәм район орайларының, ҳәттеги ең шетки аўыл-аймақлардың да келбети өзгерип, турмыслық шараятлары жақсыланбақта. Қурылған бул объект те аўыл турғынлары, әсиресе, спортқа қызығыўшы жас өспиримлер ушын оғада әҳмийетли.
Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги