Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Британия-Өзбекстан» жәмийети менен биргеликте белгили Уллыбританиялы шайыр Эндрю Станилендтиң қарақалпақ әдебиятына арналған «Three Karakalpak Poets» («Үш қарақалпақ шайыры») китабын таныстырыў кешеси болып өтти.

Кешеге заманагөй УллыБритания әдебиятының белгили ўәкили, шайыр Эндрю Станиленд, институттың шет тиллери факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты.

Онда британиялы шайыр өзиниң қарақалпақ әдебиятына болған қызығыўшылығы жоқары екенлигин, «Three Karakalpak Poets» («Үш қарақалпақ шайыры») китабынан қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллери Әжинияз Қосыбай улы, Бердақ Ғарғабай улы ҳәм Ибрайым Юсуповлардың таңламалы қосықлары орын алғанлығын мәлим етип, оны таярлаўда қарақалпақстанлы илимпазлар, аўдармашылар, әдебият ҳәм мәденият тараўының жанкүйерлериниң де хызметлери айрықша болғанлығын атап өтти ҳәм оларға өз миннетдаршылығын билдирди.

Шайыр Эндрю Станиленд қарақалпақ шайырларының қосықларын инглис тилине аўдарыў даўамында, дөретиўши тулғалардың қосықларының өзгешеликлери ҳаққында мағлыўматлар берди ҳәм топламнан орын алған қосықларды оқып берди.

Сондай-ақ, кешеде шет тиллери факультетиниң белсенди студентлери Әжинияз, Бердақ ҳәм Ибрайым Юсуповлардың қосықларын қарақалпақ тилинде, сондай-ақ, олардың инглис ҳәм рус тиллериндеги аўдармаларын  оқып берди.

Илаж даўамында профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер шайыр Эндрю Станилендтен өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Соның менен бирге, кешеде шет тиллери факультетиниң деканы Илья Дилманов елимизде қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығын халықаралық көлемде жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериўге үлкен таярлықлар алып барылып атырғаны, бүгинги инглис тилинде басып шығарылған бул китап усы юбилейге баҳалы саўға болғанлығын айтып, қарақалпақ әдебиятының үлгилерин дүнья халықларына танытыўға жәрдем берип атырған британиялы шайырға институт жәмәәти атынан миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги