Усы жылдың 11-13-октябр күнлери Кипрдиң Ларнака қаласында спорттың самбо түринен ерлер ҳәм қызлар арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы Нафиса Асаматдинова да табыслы қатнасты.
72 кг салмақта қатнасқан ол чемпионаттың ярым финалына шекем жетип келип, беллесиўлер жуўмағында 3-орынды ийелеўге миясар болды ҳәм жәҳән чемпионатының қола медалы менен сыйлықланды.
Жеңимпаз спортшымызды жарысқа тренер Анвар Атаханов таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы