Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 10-11-октябрь күнлери әмелий сапар менен Ашхабад қаласында болды.
Мәмлекетимиз басшысы 11-октябрь күни түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығына бағышланған «Заман ҳәм цивилизациялардың өз-ара байланыслылығы – тынышлық ҳәм раўажланыў тийкары» темасындағы форумда қатнасты.
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен илажда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён, Пакистан Ислам Республикасы Президенти Осиф Али Зардарий, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, Армения Республикасы Президенти Ваагн Хачатурян, сырт еллердиң парламентлери басшылары ҳәм жоқары мәртебели ўәкиллери, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде форумның өткерилиўи халықларымыз арасындағы дослық ҳәм тилеклеслик байланысларын беккемлеў, мәмлекетлеримизди бир-бирине және де жақынластырыў, бай руўхый мийрасымызды пүткил дүньяға үгит-нәсиятлаў жолында үлкен әмелий қәдем болатуғынын атап өтти.
Мақтымқулы Пырағыйдың дөретиўшилик мийрасы тек ғана Шығыс классикалық поэзиясын емес, ал дүнья әдебиятын да байытқанлығы атап өтилди.
Өзбекстанда Мақтымқулы дөретиўшилиги жоқары қәдирленеди. Шайыр Хийўа қаласындағы Шерғазыхан медресесинде оқып, дүньялық ҳәм диний илимлерди үйренген. Ол уллы өзбек шайыры ҳәм ойшылы Әлийшер Наўайыны терең ҳүрмет еткен.
Усы жылы Өзбекстанда Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығы кеңнен белгиленип атырғаны атап өтилди. Әнжуман, семинар, әдебий кеше, таңлаў, спектакльлер ҳәм басқа да илажлар өткерилмекте. Өзбек ҳәм түркмен кинодөретиўшилери тәрепинен шайыр ҳаққында биргеликте көркем фильм сүўретке алынды.
Өзбекстан жетекшиси Түркменстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен жәрияланған «Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы» шеңберинде келеси жылы Ашхабад қаласында глобал саммит өткерилиўин қоллап-қуўатлады.
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов Өзбекстан Президентине мазмунлы шығып сөйлегени ҳәм Мақтымқулы Пырағый естелигин мәңгилестириў бойынша елимизде әмелге асырылып атырған илажлар ушын миннетдаршылық билдирди.
Илаж соңында форумның жуўмақлаўшы ҳүжжети қабыл етилди.
Шайыр ҳәм ойшыл Мақтымқулы Пырағыйдың юбилейине бағышланған халықаралық форум соңында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменсатн Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов мәмлекетимиз басшысына «Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллығы» естелик медалын салтанатлы түрде тапсырды.
Президент Шавкат Мирзиёев Ашхабад қаласына сапары шеңберинде Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы Гурбангули Бердимуҳмедовты шайыр ҳәм ойшыл Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығына бағышланған халықаралық форумның жоқары дәрежеде өткерилгени менен қызғын қутлықлады.
Сөйлесиўде Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў, көп тәреплемели бирге ислесиўди, әсиресе, сиясий, парламентлераралық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өз-ара товар алмасыў жедел өсип атырғаны, биргеликте шегараалды саўда аймағы қурылып атырғаны, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында бирге ислесиў күшейип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жедел аймақлараралық, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў шеңбериндеги илажлар турақлы түрде өткерип келинбекте.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди де көрип шықты.
Болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер режеси де додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы Түркмен халқының миллий жетекшисине Мақтымқулының өзбек тилинде басып шығарылған сайланды шығармаларының топламын саўға етти.
Халықаралық форум шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён менен де ушырасты.
Өзбекстан менен Иран арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Ҳәр қыйлы дәрежелердеги жедел байланыслар ҳәм нәтийжели алмасыўлар даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми ҳәм биргеликтеги кәрханалардың саны артып бармақта.
Мәмлекет басшылары кооперациялық жойбарларды коллап-қуўатлаў ҳәм жедел әмелге асырыў, Жеңиллетилген саўда келисими шеңбериндеги өнимлер дизимин кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Иран жетекшилери халықаралық регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысды.
Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстанға әмелий сапары жуўмақланды.
Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳмедов шығарып салды.
ӨзА