2024-жылғы тынышлық бойынша Нобель сыйлығы Хиросима ҳәм Нагасакидағы атом жарылыўларында аман қалғанлардан қуралған Японияның ядро қуралланыўына қарсы топары Ниҳон Ҳиданкёға берилди. Бул ҳаққында «France24» хабар берди.
«Ҳибакуша» аты менен де танылған бул ғалабалық ҳәрекет ядро қуралынан жырақ дүньяны ен жайдырыў бойынша ҳәрекетлери ушын бул сыйлыққа ийе болды. Топар инсаният ядро қуралынан басқа ҳеш қашан пайдаланбаў кереклигин көрсетиў ушын әйне ядро жарылыўынан тири қалған ағзаларды қосыўдан пайдаланған.
Нобель комитети баслығы Йорген Ватне Фриднестиң атап өтиўинше, сыйлық «ядро қуралынан пайдаланыўға қарсы наразылық»ты билдиреди. Ниҳон Ҳиданкё узақ ўақыттан берли қуралсызланыў тәрепдары болып, келешек әўладлар ядро урысы қорқынышларын бастан кеширмеўи ушын тынымсыз мийнет етип келеди.
Ядро қуралын шеклеў ҳәм оған қарсы наразылығын билдириў ҳәрекетлери алдын да Нобель комитети тәрепинен сыйлықланған. Сондай-ақ, 2017-жылы ядро қуралларын шеклеў бойынша халықаралық кампания Тынышлық сыйлығына ийе болған еди.
Тынышлық ушын Нобель сыйлығы ийелери, басқа Нобель сыйлықлары сыяқлы, 11 миллион швед кроны (шама менен 1,1 миллион АҚШ доллар) муғдарындағы ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады. Нобель мәўсими кейинги дүйшемби күни экономика бойынша сыйлықты жәриялаў менен жуўмақланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги