Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ашхабад қаласына сапары шеңберинде Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Гурбангули Бердимуҳмедовты шайыр ҳәм ойшыл Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығына бағышланған халықаралық форумның жоқары дәрежеде өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Сөйлесиўде Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў, көп тәреплемели бирге ислесиўди, әсиресе, сиясий, парламентлераралық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өз-ара товар алмасыў жедел өсип атырғаны, биргеликте шегараалды саўда аймағы қурылып атырғаны, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында бирге ислесиў күшейип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жедел аймақлараралық, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў шеңбериндеги илажлар турақлы түрде өткерип келинбекте.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди де көрип шықты.

Болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер режеси де додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Түркмен халқының миллий жетекшисине Мақтымқулының өзбек тилинде басып шығарылған сайланды шығармаларының топламын саўға етти.

ӨзА