Тақыятас ыссылық электр станциясында 180 кВт қуўатлыққа ийе гезектеги қуяш фотоэлектр станциясы иске түсирилди
Станцияның пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде 420 мың кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Соның нәтийжесинде жылына 45 мың кубметр тәбийий газдиң үнемлениўине ерисиледи. Нәтийжеде Тақыятас ЫЭС та қурылған қуяш фотоэлектр станциясының улыўмалық қуўаты 1, 7 МВ қа жетти.
Кәрханада жәми сыйымлылығы 2800 литр болған 14 қуяш суў ысытыў қурылмалары орнатылған болып, жуўыныў бөлмелери толық қуяш суў ысытқышларына өткерилген. Бул қурылмалардан пайдаланыў есабынан жылына 15, 8 кубметр тәбийий газ ҳәм 128, 1 ГКалл ыссылық энергиясы үнемленбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги